Майыплар ҳуқықлары бойынша комитет 2006-жыл майыплар ҳуқықлары ҳаққындағы конвенцияның 34-статьясына муўапық шөлкемлестирилген. 2009-жылда өз жумысыны баслаған. Конвенцияға муўапық, Комитетиң ўәкилли яғный мәмлекетлерге, бәлки олардың интеграционлық бирлеспелерине де тийисли.

Комитет 18 кишиден ибарат болып, олар жеке тәртипте жумыс ислейди. Комитет ағзалары жоқары әдепли нормаларға ҳәм Конвенция қамтып алған тараўда тән алынған компенцияға ҳәм тәжрийбеге ийе болыўы керек.

Комитетиң тийкарғы ўазыйпасы – қатнасыўшы мәмлекетлер биринши мәрте Конвенцич олар ушын күшге киргенинен кейин еки жыл ишинде, соңра кеминде төрт жылда бир мәрте, сондай-ақ Комитет талабына тийкар инам етилген дәўирий баянатларды көрип шығыў.

Есабатты көрип шығыў тәртиби басқа шәртнама органларына сай болған басқышларды өз ишине алады: есабатты анализ қылыў, сораўлардың дәслепки дизимини жоллаў, жуўаплар алыў, оны мәпли мәмлекет ўәкиллери менен интерактив сәўбетини көрип шығыў.

Тексириў нәтийжелерине көре:

Комитет жуўмағы көзетиўшилерди қорайды, онда өзлерине мас келетуғын усыныслар ҳәм улыўма усыныслар таярланады ҳәм оларды мәмлекет есабына жибериди. Комитет, сондай-ақ, қатнасыўшы мәмлекетлерден Конвенция қағыйдаларыны әмелге асырыў менен байланыслы болған қосымша мағлыўларды сораўы мүмкин.

Комитет қатнасыўшы мәмлекетлердиң басқа қатнасыўшы мәмлекетлер тәрипинен Конвенция қағыйдаларыны бозғанлығы ҳаққындағы шағымларыны қабыл қылмайды ямаса көрип шықпайды.

Соңғы жылларда дүнья жүзинде майыплығы бар адамлардың бәршеге тең теңлик, ҳуқық ҳәм қәдир-қымбатына ийе болыўыны қорғаў ҳәм тәмийининдеги кемшиликлерди сапластырыўында революциялық өзгерислер болды.

2006-жылда қабыл қылынған ҳәм 2008-жылда күшге кирген "Майыплар ҳуқықылары ҳаққында"ғы конвенция майыплылықға дәстүрий көзқарас пенен ғайырхомлық ҳәм медицинаға тийкарланған ҳуқықға тийкарланған көзқарастан "парадигма өзгериўини" белгилеп берди.

Майыплар ҳуқықлары ҳаққындағы конвенция майыплардың пуқаралық, мәдений, экономикалық, сиясий ҳәм социаллық ҳуқықықларын қамтып алыў, теңлик ҳәм кемситмеслик тийкарында қорғаўы ушын житерли стандартларды усыныс қылады. Бул майыплардың өз жәмийиетлеринде ғәрезсиз жасаў, таңлаўы ҳәм жәмийиетте белсенди рол ойнаў ҳуқықына ийе екенлигини  анық көрсетип турыпты.

Конвенцияға Факултатив Протокол Конвенция менен бир ўақытың өзинде күшге кирди. Ол комитетке қосымша ўәкалатлар береди. Комитет шахслардың шағымларыны қабыл қылыўы ҳәм көрип шығыўы мүмкин, инсан ҳуқықларының қопал ҳәм турақлы рәўиште бозылыўы жағдайларында тергиў жумысларыны баслаўы мүмкин. Конвенция ҳәм оның Ихтиярий протоколы ҳалықаралық ҳәмжәмийет тәрепинен тез ҳәм кең қоллап-қуўатланады. Олардың қабыл қылыныўы шынында қамтып алыўы ҳәм улыўмадүньялық инсан ҳуқықлары системаға садықлығының есабаты сыпатында алғысланады.

Майыплар ҳуқықлары бойынша комитет (КРПД) Конвентсияни илгери жылжытыў ҳәм әмелге асырыўды қадағалаў етиўши 18 ғәрезсиз экспертлерден ибарат топар болып табылады. Экспертлер бөлек мәмлекетликлер тәрепинен тайынланады ҳәм кейинирек бул Конвентсияни ратификация еткен мәмлекетликлер тәрепинен сайланады. Барлық мәмлекетликлер Конвентсияда беккемленген ҳуқықлар ҳәр бир мәмлекетте қандай әмелге асырылып атырғаны ҳаққында үзликсиз түрде Комитетке есабат берип турыўлары шәрт. Комитет, өз гезегинде, ҳәр бир есабат тийкарында келесинде ислеў ушын түсиндириў ҳәм усынысларды таярлайды. Түсиндириўде пуқаралық жәмиети шөлкемлери ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша миллий институтлар да қатнасады.

Комитет Конвенцияны айтыў ушын жуўапкер болып табылады ҳәм сол мақсетте айырым статьяларға түсиндириўлер ҳәм көрсетпелер беретуғын улыўма түсиндирмелерди баспадан шығады.

Майыплардың жәмийетте қатнасыў ҳәм олардың мәплерин қорғаў ҳуқықлары Өзбекстан Республикасының пуқаралық, экономикалық, сиясий ҳәм басқа конституциялық ҳуқық ҳәм еркинликлерин әмелге асырыўда оларға басқа пуқаралар менен тең мүмкиншиликлер жаратылыўма қаратылған 80 нен артық нызамлар ҳәм басқа нызам ҳүжжетлеринде беккемленген. "Тәлим ҳаққында", "Пуқаралар денсаўлығын сақлаў ҳаққында" нызамларда, "Майыплардың социал тәмийнаты ҳаққында", " Халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳаққында", "Бала ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында", " Пуқаралардың мәмлекет пенсия тәмийнаты ҳаққында", " Мийнетти қорғаў ҳаққында", "Дене тәрбиясы ҳәм спорт ҳаққында", Өзбекстан Республикасының Мийнет кодекси ҳәм басқалар.

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда майыплардың социаллық-экономикалық ҳуқықларын ҳуқықый қорғаў күшейтилди: нызам қабылланды

2016-жыл 26-декабрдеги "Кекселер, майыплар ҳәм халықтың басқа социаллық  мүтәж қатламларына көрсетилетуғын социаллық хызметлер ҳаққында", онда "социаллық хызметлер" түсиниги, социал хызметлерден пайдаланыў ҳуқықына ийе болған шахслар дизими ҳәм оларды усыныўға кепилликли шөлкемлер, мәмлекет шөлкемлери, соның менен бирге, социаллық жәрдем хызметлерин, мәсләҳәт хызметлерин, үй шараятында хызмет көрсетиўди, күндизги статционарларда (ямаса) қысқа мүддетли болыў ушын усыныў формалары ҳәм түрлери. Нызамда социаллық хызметлерге мүтәж болған шахсларды анықлаў, социаллық хызметлердиң индивидуал дәстүрлери, бул тараўда мәмлекет ҳәм жәмийетлик қадағалаўы субектлари тәрепинен әмелге асырылыўын шөлкемлестириў тәртиби белгиленген.

Майыпларға медициналық-социал жәрдемдиң жағдайы, бул тараўдағы халықаралық стандартларды сын көзқарастан үйрениў тийкарында 2017-жыл 1-декабрьде Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы қабылланды.

"Майыплығы болған шахсларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын туптен жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы қарарда майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаў системасын және де жетилистириў ҳәм олардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў кепилликлерин күшейтиў бойынша комплекс илажлар дәстүри тастыйықланған.

Майыплардың актуал мәселелерин шешиўде текғана мәмлекеттиң, бәлки әпиўайы пуқаралардың қатнасыўы жүдә зәрүрли болып табылады. Сол мақсетте Денсаўлықты сақлаў министрлиги қасындағы майыпларды қоллап-қуўатлаў қоры шөлкемлестирилип атыр, 2018-жыл 1-июньнан баслап олар ҳаққында кең түрде мағлыўматларды (жеке мағлыўматлар, нақ төлеўлердиң муғдары ҳәм түрлери, шығарылған техникалық реабилитация үскенелери, ортопедия ҳәм ортопедия) өз ишине алған бирден-бир электрон дизимге алыў системасы енгизилди. нәтийжели медициналық ҳәм реабилитация жумысларын шөлкемлестириўди тәмийинлейтуғын өнимлер ҳәм басқалар).

БМШ Бас ассамблеясы тәрепинен қабыл етилген майыплар ҳуқықлары ҳаққындағы конвенция

2006-жыл 13-декабрь ҳәм 2008-жыл 3-майда күшке кирген. Конвенция менен бир ўақытта оған Факултатив Протокол қабылланды ҳәм күшке кирди.

2019-жыл август жағдайына көре 180 ге жақын мәмлекет ҳәм Европа Бирлеспеси Конвенцияда қатнасады. Факултатив протоколда 96 ге жақын мәмлекет.

Конвенция күшке кириўи менен майыплардың ҳуқықлары бойынша комитет (18 адам) – Конвенциянинг орынланыўын бақлаў бойынша орган болып, ол Конвенцияға ағза мәмлекетлердиң есабатларын көрип шығыў, олар бойынша усыныслар ҳәм улыўма усыныслар бериў кепиллигине ийе.

Конвенция дүньядағы майыплардың жағдайын анализ қылыў тийкарында қабылланды. Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми есап - китапларына көре, бир миллиарддан артық адам ямаса дүнья халқының 15 пайызы (дүнья халқының есап – китапына көре) қандайда бир майыплық менен жасайды.

Дүньяның барлық раўажланған мәмлекетлеринде майыплардың улыўма санының ҳәм әсиресе майып балалар санының көбейиўи (Уллы Британияда 0, 12% тен Канадада майыплардың улыўма санының 18% ге шекем) майыплықтың алдын алыў ҳәм балалар майыплығының алдын алыў миллий үстин туратуғын ўазыйпаға айланды.

Конвенцияда инсан түрли-туманлығы ҳәм инсан салаўаты принциплеры сәўлеленген. Оның тийкарғы идеясы майыплар муқатыўсыз барлық инсан ҳуқықлары ҳәм тийкарғы еркинликлеринен пайда көриўши болыўы имканиятына ийе.

Жақын әтирапда майыплардың ҳуқықлары тәртиплестириледи

“Тәлим ҳаққында”, “Пуқаралар денсаўлығын сақлаў ҳаққында”, “Өзбекстан Республикасында майыпларды социаллық қорғаў ҳаққында”, “Халықты жумыс менен тәмийинлеў ҳаққында”, “Бала ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында”, “Пуқаралардың мәмлекет пенсия тәмийнаты ҳаққында”, “Мийнетти қорғаў ҳаққында”ғы нызамлар. "Дене тәрбиясы ҳәм спорт ҳаққында", Өзбекстан Республикасының Мийнет кодекси ҳәм басқалар.

Майыплардың ҳуқықларын тәртипке салыўшы миллий нызам ҳүжжетлерине төмендегилер киреди: "Өзбекстан Республикасында майыпларды социаллық қорғаў ҳаққында"ғы нызам, майыплардың социаллық-экономикалық тараўдағы ҳуқықларының толық шеңберин тәртипке салады, соның менен бирге шахслар ҳуқықларын әмелге асырыўға тийисли нызамлар ҳәм басқа ҳуқықый ҳүжжетлер. тәлим ушын майыплығы болған; денсаўлықты сақлаў ҳәм медициналық жәрдем; бәнтлик мәселелери бойынша; дене тәрбиясы, спорт ҳәм дем алыў; социаллық объектлер ҳәм хызметлер, транспорт, байланыс ҳәм мағлыўматлардан пайдаланыў; әдалат; мәмлекет ҳәм жәмийетлик жумысларында қатнасыў; майыплардың ҳуқықларын бузғанлық ушын жуўапкерлик.

2017-жыл 1-январ жағдайына көре, Өзбекстан Республикасында 650 284 адам майып деп тән алынған, олардан 84 908 данасы 16 жасқа дейинги балалар болып табылады. Олар ҳәр жылы Мәмлекет бюджетинен пенсия ҳәм пенсиялар көринисинде 2,5 трлн. Сўм муғдарында толықнады.

Мәмлекет шөлкемлериниң кепилликлери тийкарында республика кәрханаларында майыплар ушын 18 555 квота ажыратылған.

Халық тәлими министрлигиниң мағлыўматларына көре, физикалық ҳәм интеллектуал майып балалар 89 арнаўлы оқыў мәкемелеринде оқып атыр.

2018-жылда майыпларды қоллап-қуўатлаў системасын және де жетилистириў ҳәм олардың ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин қорғаў кепилликлерин күшейтиў бойынша илажлар дәстүрини әмелге асырыўға қаратылған бир қатар норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер қабылланды, атап айтқанда: Өзбекстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң “Майыплардың статистикалық системасын жетилистириў ҳаққында”ғы шешими. 2018-жыл 22-мартда қабыл етилген, "Жалғыз кекселер ҳәм майыплардың күтими мүтәж болған шахслар дизимин дүзиў тәртиби ҳаққындағы нызамыны тастыйықлаў ҳаққында", Президенттиң 2018-жыл 5-апрельдеги шешими. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 11-июньдағы "Халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын жумыс менен тәмийинлеўди хошаметлеўдиң шөлкемлестирилген илажлары ҳаққында", Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Протез-ортопедия бүйымлары ҳәм техникалық реабилитация үскенелерин ислеп шығарыўды раўажландырыў, соның менен бирге медициналық ҳәм медициналық-техникалық базасын және де беккемлеў илажлары ҳаққында"ғы пәрманы социаллық мәкемелер 06.06.2016-жылдағы шешимине қарай 2018-2022-жылларда халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларына медициналық-социаллық жәрдемди және де тереңлестириў ҳәм кеңейтиў бойынша илажларды өз ишине алады.

Дерек: ИНСАН ҲУҚЫҚЛАРЫ БОЙЫША
ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ
МИЛЛИЙ ОРАЙЫ рәсмий веб-сайты

Өзбек тилинен
Саламат Авезов
аўдармасы.

“Disability Rights” – Майыплығы болған шахслар ҳуқықы Арнаўлы топламы телеграм каналына ағза болың

© P.S.: Идея авторы: Саламат Авезов.
Балалығынан II-топар майыбы «ДЦП – (Детский Церебральный Паралич) - БЦЛ – Балалар Церебрал Ләңи)» диагнозы.