Нөкис районы аймағында «Жанажан журтым абатлығына өз үлесимди қосаман» сүрени тийкарында районлық Маҳалле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими тәрепинен «Абат шаңарақ», «Абат көше», ҳәм «Абат мәҳәлле» ҳәрекети шеңберинде 1400 шаңарақтың үй алды абаданластырыў, ҳәклеў жумыслар алып барылыўы режелестирилген.

Соннан 70 жалғыз баслы, майыплығы болған шаңарақларға қәўендер мәкеме ҳәм кәрханалар бириктирилген. Ҳәзирги ўақытта “Тақыркөл”, “Қырантаў”, “Саманбай” АПЖ аймақларында усы ҳәрекет шеңберинде жумыслар алып барылмақта.

Дерек: Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети