Алимент муғдарын азайтыў яки оны тоқтатыў бойынша түсиник берсеңиз?

Өзбекистан Республикасы Шаңарақ кодексине тийкар, төмендеги жағдайларда суд тәрепинен алимент муғдары азайтылади яки тоқтатылады.

Алимент муғдарын азайтыў тийкарлары:

Алимент муғдары төмендеги жағдайларда азайтылады:

1. Алимент төлеп атырған ата-ананың басқа ержетпеген балалары болып, алимент төлеўи себепли өзиниң балалары тәмийнаты кем тәмийинленип, жетпей қалса.

2. Алимент төлеп атырған шахс майып болып, материаллық жақтан қыйналып қалса.

3. Алимент алып атырған шахс ғәрезсиз дәраматқа ийе болса.

4. Алимент муғдары суд тәрепинен белгиленгеннен соң тәреплердиң биринин материаллық яки шаңарақ жағдайы өзгерсе.

5. Ержетпеген бала мәмлекетлик яки мәмлекетлик емес мәкемелердин толық тәмийнатында болса.

Алиментти тоқтатыў яки алименттен азат етиў тийкарлары:

Алимент төмендеги жағдайларды тоқтатылады яки азат етиледи:

1. Алимент муғдары суд тәрепинен белгиленгеннен соң тәреплердиң биринин материаллық яки шаңарақ жағдайы өзгерсе.

2. Бала ержеткенде яки ержетпей турып қатнасық уқыплылына ийе болса.

3. Бала басқа биреў тәрепинен перзентликке алынса.

4. Суд алимент алыўшыны мийнетке жарамлы деп тапса яки оны жәрдемге мүтәж болмай қалды деп тапса.

5. Мийнетке жарамсыз, жәрдемге мүтәж алимент алыўшы бурынғы күйеўи яки ҳаялы жаңадан некеден өтсе.

6. Алимент алыўшы яки алимент төлеўши шахс қайтыс болса.

7. Ержетпеген бала мәмлекетлик яки мәмлекетлик емес мәкемелердин толық тәмийнатында болса

Дерек: Юридикалық мағлыўмат

“Disability Rights” – Майыплығы болған шахслар ҳуқықы Арнаўлы топламы телеграм каналына ағза болың

© P.S.: Идея авторы: Саламат Авезов.
Балалығынан II-топар майыбы«ДЦП – (Детский Церебральный Паралич) – БЦЛ – Балалар церебраль ләңи)» диагнозы.