Халқымыз Қурбан Хайт байрамын мүнәсип күтип алыўы ушын Ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтың басламасы менен бәрше аймақлар қатары, Қарақалпақстан Республикасына 10 млрд сум қаржы ажыратылды ҳәм «Темир дәптер»ге киритилген (аўыр аўҳалдағы ҳәм ѳзин-ѳзи бағыў имканияты жоқ) шаңарақларға нақ пул кѳринисинде, әмелий жәрдем сыпатында тарқатыў илажлары өткерилмекте.

Соннан, Қанлыкөл районы «Сақаўат ҳәм кѳмек» фондына жәми 422 млн сум ажыратылып, райондағы кем тәмийинленген ҳәмде социаллық қорғаўға мүтәж 722 шаңарақтың ҳәр бирине 585 мың сумнан бөлистирип берилди. Соның менен бирге, Қанлыкөл районы ҳәкимлиги тәрепинен 722 шаңарақтың ҳәр бирине 90 мыңлық азық-аӯқат өнимлери ҳәм 40 шаңараққа 1 қалтадан ун өними тарқатылды.

Түсиндирме: “Темир дәптер”ге бәнтлиги тәмийинленген, жеңиллетилген кредит алып исбилерменлигин баслаған, ѳзин-ѳзи бәнт еткен, жасаў шәраяты басқаларға салыстырғанда анағурлым жақсы шаңарақлар киритилмейди.

Дерек: Қанлыкөл районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети