Районымызда кем тəмийинленген, имканияты шекленген ҳəм бағыўшысын жоғалтқан инсанларға ҳəр тəреплеме материаллық ҳəм əмелий жəрдемлер қөрсетилип келинбекте.Атап айтқанда, «Есим» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы Есим көшеси 18-жайда жасаўшы 1975-жылы туўылған Ерполат Алламбергенов жас ўақтынан биринши топар майыбы есабында турады.

Оның ағасы бир неше жыл алдын Қазақстан Республикасына қол ушы талап ислеў ушын кетип қалғанлықтан, пуқара Е. Алламбергенов бағыўшысыз үйинде жалғыз қалды. Бул инсан өзгениң күтимине жүдə мүтәж болып қалғанлығы себепли район ҳəкими ҳəм мәкан пуқаралар жыйыны тәрепинен тез-тезден жағдайынан хабар алынып, оған материяллық жәрдемлер берилип атыр.

Сондай- ақ, ол районлық медицина бирлеспесине қараслы социаллық бөлимине есапқа алынып, ҳəзирги ўақытта бөлим тәрепинен оның үй жумыслары ислеп берилмекте.

Жəне де Е. Алламбергеновтың турақ жайы ески авариялық аўҳалда болғанлығы себепли район ҳəкиминиң ҳəм аймақ жасы үлкенлердиң басламасы менен көшесиниң жаслары бириктирилип, оның үй жайының қасынан үш өжире турақ жай тиклеп берилди ҳәм Қараөзек районы халық билимлендириў бөлимине қәўендерлик етиўге бекитилди. Ҳәзирги ўақытта қəўендер мəкеме тәрепинен жайының төбесин бастырыўда, ишки ҳәм сыртқы сыбаўларын сыбап бериўде ҳəм айна- қапыларын қурыўда бир қанша инсаныйлық жәрдемлер қөресетилмекте.

Дерек: qoraozak.rk.uz