Бүгинги күн жаслары ҳәр салада жетекши, ҳәр бириниң өзине тән қәсийети, қәбилети бар. Олардың қайсы бири менен сәўбетлессеңиз де түрли тараўларда көзди қуўандыратуғындай жетискенликлердиң, табыслардың ийелери екенлигин көремиз. Мине усындай жасларды тәрбиялаўда Жоқары оқыў орынларының орны айрықша. Солар қатарында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин атап өтсек болады. Жақында усы оқыў дәргайында билим алып атырған студентлер «ImkonLab» жойбарының жеңимпазлары болды. Олар университеттиң Қурылыс факультети «Имарат ҳәм иншаатлар қурылысы» тәлим бағдарының 3-курс студентлери Жумамуратов Бегдияр, Қыдырбаев Ильяс ҳәм Махамбеталиев Ариф-Хажый. Бүгин биз усы жойбар жеңимпазлары менен сәўбетлесип, сиз ҳәм бизди қызықтырған сораўларға жуўаплар аламыз.

Алды менен сизлерди ерискен табысыңыз бенен қутлықлайман. Өзи бул «ImkonLab» жойбары қандай жойбар? Ол қалай ислейди?

Бегдияр: Рахмет. «ImkonLab» жойбары – бул социаллық инновациялар ҳәм социаллық исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестириўге қаратылған жойбар есапланады. Бул жойбар бизге не береди? Алды менен кәсиплик көнликпелер ҳәм қабилетлерди ийелеў; бизиң шаңарағымыз, досларымыз, жақынларымыздың күнделикли турмыста ушырасатуғын машқалаларын шешиў; Идеяларды моделлестириў, ақырына жеткериў ҳәм әмелге асырыўды үйрениў; Қайсыдур нәрсени жақсылаў ҳаққында сиздикине усаған қызығыўшылыққа ийе болған инсанлар менен танысыў ҳәм әлбетте өз идеяңызды әмелге асырыў ушын 1000 АҚШ долларын утып алыў ҳәм экспертлер көмегинен пайдаланыў имканиятын береди. Бул жойбарда 10 команда 4 күнлик тренингде қатнасады. Тренинг даўамында олар машқаланы үйрениў ҳәм шешимин ислеп шығыў бойынша қәнигелерден жәрдем алады. Тренингтиң 4-күни ҳәр бир команда өз жойбарын төрешилер қурамына усынады. Төрешилер қурамы 10 командадан бесеўин таңлап алады ҳәм усы 5 команда 3-6 ай даўамында өз жойбарларын әмелге асырыў ушын басланғыш финанслық жәрдем ҳәм устазлар көмеги менен тәмийинленеди.

Сизлер бунда қандай жойбар менен қатнастыңыз?

Ильяс: Бизлер бул жойбарда «ED CONNECT» жойбары менен қатнастық. «ED CONNECT» бул не? «ED CONNECT» – бул электродвигателли тиркеме болып, нәгиранлар арабашасына бириктириледи. Аккумуляторы толық зарядланғанда 25-30 км аралықты аңсат басып өтиў мүмкин. Оның максимал тезлиги 25-30 км/саатты қурайды. Басқарыўы қолай. Қонтроллери арқалы тезлик аңсат басқарылады. LED DISPLAY менен тезлик қанша екенлигин ҳәм заряд муғдарын бақлап барыў мүмкин.

Бул жойбарды ислеп шығыўда қандай машқалалар себеп болды? Жойбардың әҳмийети ҳәм имканиятлары қандай?

Ариф-Хажый: Бул жойбарды ислеп шығыўға себеп: Аяғы ислемейтуғын нәгиранлардың ҳәрекетинде қолайсызлықлар ҳәм қыйыншылықлардың туўылыўы. Бизиң мақсетимиз – мине усындай аяғы ислемейтуғын нәгиранлардың ҳәрекетлерин жеңиллетиў есапланады. Бизиң жойбарымыздың имканиятлары соннан ибарат: Яғный, Нәгиранлар арабашасында ҳәрекетленгенде бар күшти өзи тартады ҳәм қол басқарыўында буўынларда талығыўлар гүзетилмейди ҳәм және узақ аралықларға ҳәрекетлениў аңсат ҳәм қолайсызлықлар болмайды. Буның абзаллық тәреплери: Кемқәрежетли, қолай ҳәм көп күш талап қылмайды, нәгиранлар арабашасына аңсат бириктирилип шешиледи; узақ аралықларға қыйыншылықсыз жетип алыў ҳәм ғәрезсиз ҳәрекетлениў имканиятын береди.

Бул «ImkonLab» жойбары қайсы шөлкемлердиң басламасы менен өткерилди?

Ариф-Хажый: «ImkonLab» жойбары UNICEF ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамы менен биргеликте биринши мәрте Қарақалпақстан Республикасында өткерилди. Мағлыўмат орнында айтып өтиўим мүмкин: жойбарда жәми 88 команда қатнасқан болса, солардан 10 команда сайлап алынды ҳәм соның ишинде бесеўи жеңимпаз деп табылды.

Алдағы мақсетлериңиз?

«ImkonLab» жойбары бизге өз қәбилетлеримизди жүзеге шығарыў ҳәм оны кең жәмийетшиликке усыныў имканын берди. Ҳәмме екинши имканиятқа ылайық. Ҳәтте нәгиранлар да. Мақсетимиз – жойбарды әмелиятқа енгизиў ҳәм нәгиранлардың ҳәрекетлерин жеңиллетиўге азғана болсада өз үлесимизди қосыў.

Рахмет, мазмунлы сәўбет ушын. Сизлерге алдағы оқыў ҳәм жумысларыңызда табыслар тилеймиз.

Сәўбетлескен: Гоззал Жалгасова
Санаат технологиясы факультети 3-курс студенти

Дерек: KARSU.uz