Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми мағлыўматларына қарағанда, планетамыз халқының 15 пайызы (бир миллиардтан аслам инсан) майыплықтың анаў яки мынаў түринен қыйналмақта. 60 жастан асқан адамлардың 46 пайызын майыплар қурайды. Жер жүзиндеги майыплығы болған инсанлардың 10 пайызы болса балалар есапланады. Дүньяда бундай инсанлардың 80 пайыздан артығы раўажланып атырған мәмлекетлерде жасайды.

Олардың турмыс тәризин жақсылаўға дүнья көлеминде итибар қаратыў мақсетинде, БМШ тәрепинен 1983-1992-жыллар Халықаралық майыплар он жыллығы деп белгиленген еди. Бул он жыллық жуўмағында (1992-жылдың 14-октябрь) БМШ Бас Ассамблеясының 37-жалпы мәжилисинде қабыл етилген резолюцияға муўапық, 3-декабрь – Халықаралық майыплар күни деп жәрияланды.

Бул халықаралық ҳүжжетке муўапық, БМШға ағза бәрше мәмлекетлерге, сондай-ақ, тийисли шөлкемлерге майыплығы бар шахслардың толық турмыс кешириўи, ислеўи, билим алыўы ҳәм турақлы тәризде зәрүр шараятлар жаратып бериў, бул күнди кең көлемде белгилеў усыныс етилген.

Дерек: @huquqiyaxborot

Аўдарма: @kanlikulnews