Бул күнди кең түрде белгилеўден тийкарғы мақсетлерден бири пүткил дүньяда əмелге асырылып атырған бағдарлама ҳəм жойбарларда имканияты шекленген инсанлардың басқа майып болмаған адамлар менен тең ҳуқықлылық тийкарында қатнасыўын тəмийинлеў, олардың мəплерин ҳəм ҳуқықларын қорғаўдан ибарат.

Бүгин Нөкис «Мүриўбет» ҳаяллар интернат үйиндеги пуқаралардан хабар алынды. «Мүриўбет» үйи 250 орынға мөлшерленген болып, емлениўшилер ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Атап айтқанда спорт бенен турақлы шуғылланыў ушын спорт зал, мəлимлеме ресурс орайы, ҳəр қыйлы дөгереклер солар қатарынан. Емлениўшилер бос ўақытларда тигиў ҳəм тоқыў менен шуғылланады. Олардың қол өнериниң көргизбесиде шөлкемлестирилген. «Халықаралық имканияты шекленгенлер күни» мүнəсибети менен Қарақалпақстан Республикасы 1-санлы меҳрибанлық үйи дөретиўшилик балалар топары тəрепинен концерт бағдарламасы койып берилди, соның менен бирге «Мүриўбет» ҳаяллар интернат үйиндеги пуқараларға ҳəр қыйлы саўғалар инəм етилди.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы 4-санлы ҳəм 6-10-санлы мектеп интернатларында тəрбияланып атырған балалардан да байрам мүнəсибети менен хабар алынды. Оларға ҳəр қыйлы оқыў қураллары, кийимлер ҳəм турмыслық зəрүрли буйымлар саўға етилди. Сондай-ақ, бир неше орынларда имканияты шекленген пуқаралар ушын концерт бағдарламалары шөлкемлестирилип саўғалар тапсырылды.

«Халықаралық имканияты шекленгенлер күни»не бағышлап өткерилген бүгинги илəжларда да имканияты шекленгенлерге социаллық жəрдем көрсетиў, материаллық ҳəм руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў, олардың жəмийетте өз орнын ийелеўине имканиятлар жаратыў бағдарында республикамызда əмелге асырылып атырған ислер бул бағдарда Президентимиз тəрепинен имканияты шекленгенлерге көрсетилип атырған ғамхорлық, кең жəмийетшиликтиң де саўаплы ислерде белсене қатнасыўының айқын дəлийли есапланады.

Ҳəр жылы «3-декбрь – Халықаралық имканияты шекленгенлер күни» сыпатында республикамызда кеңнен белгиленип келиниўи ҳүкиметимиз тəрепинен алып барылып атырған күшли ҳəм мəнзилли социаллық қорғаў сиясатының айқын дəлийли есапланады.

ҚР МинистрлерКеңеси Мəлимлеме хызмети

Дерек: Karakalpakstan.uz