Өзбекстан мусылманлары мәкемеси жанындағы «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры ҳәм Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты тәрепинен республикамызда «Ғамқор болайық!» қайырқомлық акциясы өткерилмекте.

Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан мусылманлары мәкемеси жанындағы «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қорының баслығы Яхё Абдураҳманов республикамызда хызмет сапарында болып, бир қатар қайырқомлық илажларында қатнасты. Атап айтқанда, Нөкис қаласындағы «Имам ийшан Муҳаммад» жәмәәтлик мешитинде болып өткен илажда социаллық жәрдемге мүтәж, кем тәмийинленген, бағыўшысын жоғалтқан, жетим-жесир, майыплығы болған шахслары бар 500 шаңараққа 62 миллион 475 мың сумлық азық-аўқат өнимлери тапсырылды.

Буннан кейин илаж Мойнақ районында даўам етти. Райондағы «Мәдели» аўыл пуқаралар жыйыны «Шеге» аўылында жасаўшы Азамат Хожабаевтың турақ жайы өрт келип шығыўы нәтийжесинде материаллық зыян көрген еди. Бул шаңараққа Өзбекстан мусылманлары мәкемеси жанындағы «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры ҳәм Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты тәрепинен 30 миллион сумлық қурылыс материалы берилди. Сондай-ақ, райондағы жәрдемге мүтәж 100 шаңараққа азық-аўқат өнимлери тапсырылды.

– Елимизде ҳеш бир инсан итибардан шетте қалмайтуғынына исендим, – дейди Азамат Хожабаев. – Шаңарағымыз өрт бәлесинен қыйналып атырған ўақытта жәрдем берген Өзбекстан мусылманлары мәкемеси жанындағы «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры ҳәм Қарақалпақстан мусылманлары қазыятына миннетдаршылық билдиремен.

Ҳақыйқатында, бүгингидей сынаўлы күнлерде бир-биримизге ғамқор болсақ, ҳәр қандай қыйыншылықты мәрдана жеңип шығамыз. Усы көз-қарастан қарағанда, өткерилген илаж даўамында бир қатар шаңарақ ағзалары бундай ғамқорлықтан кеўиллери қуўанышқа толды.

«Ғамқор болайық!» қайырқомлық акциясы бүгин Хожели ҳәм Шымбай районларында даўам етпекте.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ХАБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги