3-декабрь – «Халықаралық майыплардың ҳуқықларын ҳәм еркинликлерин қорғаў күни» мүнәсибети менен Нөкис районы 21-санлы мектебинде байрам кешеси шөлкемлестирилди. Онда район ҳәкими О.Уснатдинов сөзге шығып, ҳәзирги ўақытта имканияты шекленген ҳәм майыплығы бар инсанларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, оларға медициналық-социаллық жердем көрсетиў бойынша айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти ҳәмде балаларға байрам саӯғаларын тапсырды.

Илаж мектеп оқыўшылары тәрепинен концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

Сондай-ақ, район аймағында үй шараятында оқытылып атырған, майыплығы болған оқыўшылардыӊ ҳалынан хабар алынып, оларға байрам саўғалары тапсырылды.

Дерек: Nukus.rk.uz