Саўап исти ҳәр ким ҳәр күни қылыў керек дегениндей бүгин Тахтакөпир районы Атақөл аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан ХББне қараслы 8-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң басланғыш шөлкем жетекшиси хәм сәрдарлар Кеңеси «Хеш ким итибардан шетте қалмайды» атамасында қайырхомлық акциясын шөлкемлестирди.

Акция шеңберинде имканияты шекленген, үй шараятында оқып билим алып атырған бир қатар жаслар үйлерине барып байрам саўғаларын тапсырды ҳәм олар менен биргеликте түрли ойын заўықлар шөлкемлестирилди.

Дерек: Kar24.uz