«Қарақалпақстан Республикасында халықтың әззи қатлам топарларына юридикалық жәрдем көрсетиў ҳәм олардың пуқаралық ҳуқықлары ҳәмде мәмлекеттеги ҳуқықый реформалар ҳаққындағы билимин арттырыў» жойбары табыслы жуўмақланды. Усыған арналған ушырасыў 2021-жылдың 20-январь күни болып өтти.

Бул жойбар «Истиқболли авлод» Республика социал-ифнормациялық орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен орынланып, ол Қарақалпақстан Республикасының 15 районын (Әмиўдәрья, Беруний, Шымбай, Елликқала, Кегейли, Мойнақ, Нөкис, Қанлыкөл, Қоңырат, Шоманай, Тахтакөпир, Төрткүл, Хожели, Тақыятас, Қараөзек) қамтып алды.

Бул жойбардың тийкарғы мақсети Қарақалпақстанда халықтың әззи қатлармларына ҳуқықый жәрдем бериў арқалы олардың ҳуқықларын қорғаў, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы халқының ҳаяллардың ҳуқықлары ҳәм Өзбекстан Республикасында әмелге асырылып атырған ҳуқықый реформалар бойынша ҳуқықый жақтан хабардарлығын арттырыў есапланады.

Бул жойбар өз жумысын өткен жылы, яғный, 2020-жылдың 30-январь сәнесинде баслады. Туўрыдан-туўры юридикалық жәрдем көрсетиў 2020-жылдың 1-февраль сәнесинен баслап 31-декабрь сәнесине шекем даўам етти. Усы ўақыт аралығында жойбардағы еки юрист тәрепинен 870 тен артық юридикалық консультация (жойбарда режелестирилген 750 орнына) берилди.

Нөкис қаласындағы Юридикалық жәрдем хызмети жумысы ҳаққындағы хабардың белсене тарқалғаны себепли пүткил Қарақалпақстан бойлап жасаўшы, сондай-ақ, оның сыртында болып турғанлар, және турақлы жасаў орнына ийе болмаған пуқаралар юридикалық жәрдем сорап мүрәжат етти.

Юридикалық жәрдем сорап мүрәжат еткенлердиң ишинде – халықтың социаллық-әззи топар ўәкиллери: жалғыз баслы аналар, кем тәмийинленген шаңарақ ағзалары, майыплығы барлар ҳәм майыплығы бар балалары барлар, сондай-ақ, мәкеме ҳәм шөлкемлерде ислеўши мийнет ҳуқықлары бузылған жумысшылар бар болды.

Соны айтып өтиў керек, юристлер тек ғана бир мәртебе мәсләҳәт берип қоймастан, пуқаралар олардан даўамлы ўақыт даўамында юридикалық кеңеслер алып турды. Буннан тысқары, юристлер мүрәжатшыларға судқа даўа арза киргизиў, нотариустан ҳүжжетлер алыў, мүрәжат бойынша ислесетуғын шөлкемлер ҳаққында мағлыўмат бериўге көмек берди.

«Истиқболли авлод» Республика социал-ифнормациялық орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими

Дерек: Makan.uz