Усы жылдың 12-сентябрь күни Өзбекстан Майплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими Олий Мажлис жанындағы жәмийетлик фонды тәрепинен қаржыландырылған “Сабырлы ҳәм шебер қызлар” ямаса “Иродали ва чевар қизлар” жойбарын баслады.

Жойбар бойынша Қоңырат районында майыплығы болған ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж болған ҳаял-қызларды “Заманагөй кийим тигиў”, “Миллий кийим тигиў” ҳәм “Заманагөй перделер тигиў” курсларында оқытыў мақсет етилген.

Жойбардың басланыўында Өзбекстан Арнаўлы Олимпиадасы жәмийетлик бирлеспесиниң Қарақалпақстан аймақлық бөлими баслығы Турсымуратова Г. ҳәм Қоңырат районы ҳаял-қызлар комитети баслығы Тилеўмуратова Үмитай Аралбаевна қатнасып жойбар қатнасыўшыларына өз пикир ҳәм усынысларын айтып өтти.

Қызларымыздың биринши кийимлерине өз бахаларыңызды бериң.

Дерек: Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан республикасы аймақлық бөлими