Усы жылдың 1-ноябрь күни Өзбекстан Майплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими Олий Мажлис жанындағы жәмийетлик фонды тәрепинен қаржыландырылған “Сабырлы ҳәм шебер қызлар” ямаса “Иродали ва чевар қизлар” жойбары бойынша “Миллий кийим тигиў” курсы басланды.

Жойбар бойынша “Миллий кийим тигиў” курсында Қоңырат районында жасаўшы 16 майыплығы болған ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж болған ҳаял-қызларды оқытыў мақсет етилген.

“Миллий кийим тигиў” курсында тақыя, шапан, жеңсиз ҳәм көйлеклерди тигиў үйретиледи.

Дерек: Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан республикасы аймақлық бөлими