Қарақалпакстан Республикасы «Меҳр булағы» майыплығы болған шахсларды мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми усы жылдыӊ июнь айында “Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле” атамасындағы жойбарды Жоқары Кеӊес жанындағы Жǝмийетлик Фонд жǝриялаган конкурста жеӊип алған еди.

Жойбар тийкарында 2022 жыл 14-октябрь Шымбай районы “Абат мәкан” мәкан пуқаралар жыйынында Шымбай районында жасаўшы 60 майыплығы болған шахслар арасында майыплығы болған шахслардың тең ҳуқықлығы ҳәм еркинликлерин ҳәмде нызамлы маплерин тәмийинлеў бойынша 1 күнлик семинар-трененинг өткерилди.

Семинар-тренинг даўамында олардыӊ машқалалары тыӊланды ҳәм өзлерине керек болған сораўларға жуўаплар алды. Қатнасыўшылар семинар тренингден кеўиллери толғанын айтып өтти.

Дерек: Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан республикасы аймақлық бөлими