Усы жылы 14- ноябрь куни Өзбекстан Көзи Әззилер жәмийети Қоңырат районы бөлими 13- ноябрь Халық аралық Көзи аззилер куни мүнәсибети менен китапханлық кешесин өткерди.

Әдебий кешеге Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қаракалпақстан Республикасы аймаклық бөлими, Өзбекстан Қызыл Ярым-ай жәмийети Қоңырат районы бөлими, Қаракалпақстан Республикасы Жазыўшылар аўқамы ағзасы Зийнетулла Хожаниязов ҳәм Өзбекстан Республикасы көзи әззилер жәмийети Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ағзалары қатнасты.

Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қаракалпақстан Республикасы аймаклық бөлими, Өзбекстан Республикасы көзи әззилер жәмийети Қоңырат районы бөлимине ағзалық гүўахнамасын тапсырды.

Дерек: Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан республикасы аймақлық бөлими