Усы жылдың 1-декабрь күни "3 Декабрь – Халықаралық Майыплар” күнин мүнәсип белгилеу мақсетинде, майыплығы болған шахслар менен ислесиўши шөлкемлер өз-ара социаллық шерикликте "Саламат турмыс ушын 5000 қәдем" акциясын шөлкемлестирди.

Акция Нөкис қаласы Туран стадионында болып өтти. Бул саламат турмыс ушын өткерилген акциядан соң майыплығы болған шақслар ушын байрам дәстурханы шөлкемлестирилди. Байрам дәстурханы "Тумарис" ресторанында болып өтти.

“Өзбекистан арнаўлы олимпиадасы” жәмийет бирлеспеси Қарақалпақстан бөлими, Өзбекстан Республикасы герең-сақаўлар жәмийети Қарақалпақстан Республикасы бөлими, Жумыстан ҳәм аўырыўдан жәмийетлик бирлеспеси, №10-санлы көзи-әззилер мектеп интернаты, Қарақалпақстан Республикасы майыплар жәмийети, Өзбекстан Республикасы майыплар ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими, Өзбекистан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими ҳәм бир топар волонтёр жаслар қатнасты.

Қәўендерлер “Туран стадионы” басшылары, “Тумарис” рестораны, “ДАН” хызметкерлери, Қарақалпақстан Транспорт министрлиги.

Дерек: Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан республикасы аймақлық бөлими