2022-жыл 14-декабрь күни Қарақалпақ Мәмлекетлик Университетинде "3-Декабрь – Халықаралық Майыплар күни" мүнәсибети менен, майыплығы болған студентлер арасында "Мениң ҳуқықым" атлы семинар болып өтти.

Семинарда майыплығы болған шахслар ҳуқықлары ҳәм мәмлекетимизде олар ушын берилип атырған имканиятлар ҳаққында кең түсиник жумыслары алып барылды.

Семинарды өткериў ушын, Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими, ТИЭК Қарақалпақстан Республикасы баслығы, Төрешилик суды ассоциясы Қарақалпақстан Республикасы филиали баслығы, “Өзбекистан арнаўлы олимпиадасы” жәмийет бирлеспеси Қарақалпақстан бөлими баслығы, Өзбекстан Республикасы герең-сақаўлар жәмийети Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы, Жумыстан ҳәм аўырыўдан болған майыплар бирлеспеси баслық орынбасары, Өзбекстан Жаслар ислери Агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы қәнигеси қатнасты.

Дерек: Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими