2022-жыл 22-декабрьде Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймаклық бөлими "Меҳир мүриўбет айлығы" шенбериндн мектеп жасындағы майыплығы болған оқыўшылар қатнасында, Қарақалпақстан Республикасы И.В.Савицкий көркем-өнер музейинде «Мен ҳаққымда сызған сүўретлерим сөйлейди» атамасындағы танлаўдың көргизбеси ҳәм хошаметлеў мәресими болып өтти.

Танлаўға Нөкис қаласынан, Хожели ҳәм Нөкис районынан мектеп жасындағы майыплығы болған оқыўшылар қатнасты.

Таңлаў темалары бойынша сүўрет салыў 15-декабрь Қарақалпақ Республикасы қәнигелестирилген көркем өнер мектеп интернатында болып өтти. Таңлаў жеңимпазлары ҳәм қатнасыўшылар мүнәсип сыйлықланды.

Таңлаўды Өзбекистан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими, Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймаклық бөлими, “Өзбекистан арнаўлы олимпиадасы” жәмийет бирлеспеси Қарақалпақстан бөлими, Өзбекстан Республикасы герең-сақаўлар жәмийети Қарақалпақстан Республикасы бөлими, Жумыстан ҳәм аўырыўдан болған майыплар бирлеспелери менен биргеликте өткерилди.

Усы таңлаўды өткериўге әмелий жәрдем берген көрсетке қәўендерлеримиз Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ҳәм Нөкис қаласы Орайлық дийхан базарына өз минетдаршылығымызды билдиремиз.

Дерек: Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими