Бүгин 15-декабрь Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде “3-декабрь – Халықаралық Майыплар күни” мүнәсибети менен майыплығы болған жаслар ҳәм эстрада жулдызлар қатнасында "Ҳәр бир бала жаңа Өзбекстан итибарында" атлы қайыр сақаўат концерт бағдарламасын өткерди.

Концертде майыплығы болған жаслар менен биргеликте эстрада жулдызлары Бахадыр Разымбетов, Мақсет Матековлер қатнасты.

Концерти өткериў ушын, Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймаклық бөлими, “Өзбекистан арнаўлы олимпиадасы” жәмийет бирлеспеси Қарақалпақстан бөлими, Өзбекстан Республикасы герең-сақаўлар жәмийети Қарақалпақстан Республикасы бөлими, Жумыстан ҳәм аўырыўдан болған майыплар бирлеспелери менен биргеликте өткерилди.

Усы концерт бағдарламасын өткериўге әмелий жәрдем берген Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетине, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият Минстрлигине ҳәм басқада қәўендер шөлкемлерге волонтёр жасларға ата-аналарға өз минетдаршылығымызды билдиремиз.

Дерек: Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими