2022-жыл 15-декабрь күни «Қарақалпақстан Республикасы қәнигелестирилген көркем өнер мектеп-интернаты» имәратында "Меҳир мүриўбет" айлығы мүнәсибети менен мектеп жасындағы майыплығы болған оқыўшылары қатнасында “Мен ҳаққымда сызған сүўретлерим сөйлейди” атамасындағы танлаўын өткерилди.

Танлаўға Нөкис қаласынан, Хожели ҳәм Нөкис районынан мектеп жасындағы майыплығы болған оқыўшылар қатнасты.

Еслетип өтемиз усы жылдың 22-декабрь күни Қарақалпақ мәмлекетлик И.В.Советский атындағы музейинде сызған сүўретлери көргизбеге қойылады ҳәмде таңлаў жеңимпазлары анықланады.

Таңлаўды Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймаклық бөлими, “Өзбекистан арнаўлы олимпиадасы” жәмийет бирлеспеси Қарақалпақстан бөлими, Өзбекстан Республикасы герең-сақаўлар жәмийети Қарақалпақстан Республикасы бөлими, Жумыстан ҳәм аўырыўдан болған майыплар бирлеспелери менен биргеликте өткерилди.

Усы таңлаўды өткериўге әмелий жәрдем берген Қарақалпақстан Республикасы қәнигелестирилген көркем өнер мектеп-интернаты, Қарақалпақстан Республикасы Билимлендириў Минстрлигине өз минетдаршылығымызды билдиремиз.

Дерек: Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими