Усы жылдың 30-январь күни Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими "Массагет" мийманханасында "Майыплығы болған ҳаял-қызлардың ишки дүнясы" атамасындағы грант жойбары бойынша Мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер арасында семинар өткерди.

Семинарда майыплығы болған ҳаял-қызлардың социаллық машқалалары ҳаққында бир қатар мәселелер додаланды.

Ишки ислер министрлиги ҳаял-қызлар бөлими, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети, Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси, бир қатар Мәкан пуқаралар жыйынлары, мәмлекетлик уйымлар семинар барысында көтерилген мәселелер бойынша мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер менен бирге ислесиўге таяр екенлигин хәмде билдирилген усынысларды инабатқа алғанлығын айтып өтти.

Видео YouTube:

Дерек: Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими