2023-жыл 7-февраль күни Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймаклық бөлими, Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары минстрлигинен "Инклюзив исбилермекке тайарлаў" атлы жойбары бойынша өз жумысын Нөкис қаласы, Хожели ҳәм Қоңырат районларында баслады.

Курсқа ҳәр бир аймақтан 20 майыблығы болған шахслар мирәт етилип, улыўма 60 майыблығы болған шахслар оқытылады. Курс усы жылдың февраль ҳәм март айлары аралығында даўам етеди.

Мақсет майыплығы болған шахсларды мийнет көникпелерин асырыўға көмеклесиў, исбилерменлик ҳәм хуқықый саўатқанлығын асырыў, бәнтлигин тәминлеўге көмеклесиўден ибарат.

Видео YouTube:

Дерек: Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими