Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри Э.Турсунов басшылығында ғалабалық түрде көшпели қабыллаў өткерилди.

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри Э.Турсунов басшылығында Шоманай районы Әдиллик бөлими имәратында Хожели, Қанлыкөл, Шоманай, Қоңырат ҳәм Мойнақ районлары пуқаралары ушын ғалабалық түрде көшпели қабыллаў өткерилди.

Бул болса, өз гезегинде орынларға шығып халық пенен өткерилип атырған ашық сәўбетлер инсанлардың алысын жақынлатып, шынығыўалаларын орнында шешиўде ең әўели халық ушын жеңилликти жаратыўға тийкар болмақта.

Көшпели қабыллаўда район Ҳәкимлиги, Суд, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеллесиў бөлими, районлық Кадастр агентлиги, Қурылыс ҳәм үй-жай хызмет бөлиминен ўәкиллер қатнасты.

Қабыллаў даўамында пуқаралардан 40қа жақын мүрәжат келип түскен болса, соннан 28 мүрәжат ис  жүргизиўге қабыл етилип, қадағалаўға алынды, ал 5 пуқараға ҳуқықый түсиниклер берилип, 5 мүрәжат ийесиниң болса, сал жердиң өзинде шынығыўаласы унамлы шешимин табыўына ерисилди.

Бунда, Шоманай районы “Бегжап” аўыл пуқаралар жыйыны турғыны К.Бның майыплығы болғанлығы себепли ҳәрекет таяныш қуралына мүтәжлигин есапқа алып, оның мүрәжатына тийкар майыплық арбашасы алып берилди.

Соның менен бирге көшпели қабыллаў даўамында пуқаралардың алысын жақын етиў мақсетинде 20дан артық мәмлекетлик хызметлер де көрсетилди.

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги

Дерек: Әдиллик жаңалықлар