“Майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын қорғаў” ҳуқықый акциясы шеңберинде үгит-нәсият жумыслары алып барылды.

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң 2023-жыл 17-октябрь күнги 16/6-755/8-санлы тапсырмасына тийкар, Әдиллик министрлиги тәрепинен усы жылдың 20-октябрь күнинен 20-ноябрь күнине шекем “Майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын  қорғаў” ҳуқықый акциясы жәрияланды.

Усы акцияға тийкар Шоманай районы Әдиллик бөлими ҳәм Шоманай районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы хызметкерлери тәрепинен Шоманай районы “Бегжап” АПЖда жасаўшы I-топар майыплығы болған К.Бның ҳалынан хабар алынып майыплық арабашасы тапсырылды.


Ушырасыўда Шоманай районы Әдиллик бөлими тәрепинен майыплығы болған пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў, оларға жаратылған имканятлар ҳаққында ҳәмде жаңадан қабыл етилген Конституция ҳәм ондағы инсан мәплерин гөзлеп киритилген өзгерислер, әсиресе балалар ҳуқықлары, ҳаял-қызлар ҳуқықлары ҳәмде халықты социаллық жақтан еледе қоллап-қуўатлаў бойынша киритилген өзгерислер ҳәм сол тийкарда мәмлекетимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалардың мазмун-мәниси кеңнен түсиндирилип үгит-нәсият жумыслары алып барылды.

Дерек: Әдиллик жаңалықлары