2024-жыл 1-апрельден баслап балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем тайынлаў ушын онлайн арза бериў системасы жолға қойылады.

Буған 2023-жыл 28-ноябрь күни Республикамыздың Кегейли, Шымбай ҳәм Қараөзек районларында өткерилген семинарда кеңнен тоқталып өтилди.

Алдын хабар бергенимиздей, Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Бюджеттен тысқары Пенсия қоры Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм жергиликли ҳәкимликлер менен биргеликте өткерилип атырған семинар Кегейли, Шымбай ҳәм Қараөзек районларында даўам эттирилди.

Семинарда Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 10-ноябрь күнги “Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри” мәлимлеме системасы арқалы кем тәмийинленген шаңарақларды анықлаў ҳәм оларға Социаллық напақалар тайынлаў бойынша электрон көринисте арза бериўди энгизиў ҳаққында”ғы 596-санлы Қарары менен Социаллық напақаларды тайынлаўда киритилип атырған өзгерис ҳәм қосымшалар ҳаққында түсинидирип өтилди.

Сондай-ақ киритилип атырған өзгерис ҳәм қосымшалар бойынша мәҳәллелерде үгит-нәсият илажларын даўам еттириў бойынша тапсырмалар берилди.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы