1992-жылда БМШ Бас ассамблясында “3-декабрь – Халықаралық майыплар күни” сыпатында қабыл етилди.

Усы ўақыттан баслап бул сәне пүткил дүнья бойлап кең түрде белгиленеди. Бундағы тийкарғы мақсет болса, имканияты шекленген заманласларымызды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўдан ибарат.

Бүгин сәне мүнәсибети менен Кегейли районы ҳәкими А.Камалов басшылығында райондағы "Инсан" социаллық хызметлер орайы, Қарақалпақстан Республикасы майыплар жәмийети Кегейли район бөлими, Өзбекстан Республикасы көзи әззилер жәмийети Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Кегейли район бөлими менен биргеликте райондағы имканияты шекленген пуқараларға сый-ҳүрмет көрсетилип, олар ушын байрам дәстүрханы жайылды.

Әлбетте, елимизде жәмийетимиздиң ҳәр бир пуқарасына қаратылып атырған бундай итибар ҳәм ғамхорлықлар әмелдеги реформаларымыздың бәршеси инсан қәдири ушын ҳәрекет етип атырғанлығының және бир көриниси болып табылады.

Илаж көркем-өнер шеберлери тәрепинен таярларған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Дерек: Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети