2023-жыл 19-декабрь күни Мойнақ районында Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының көшпели қабыллаўы өткерилди.

Қабыллаўда Басқарма баслығы С.Данияров ҳәм Мойнақ районы ҳәкими Б.Менглибековлар тәрепинен социаллық қорғаўға мүтәж пуқаралардың машқалалары тыңланды.

Пуқаралар тийкарынан майыплық арбашасы, протез-ортопедия үскенелери менен тәмийинлеқ, майыплықты белгилеў, бәнтлик, ысытыў системасын жаңалаў, санатория жолламасын алыў ҳәм басқада мәселелер бойынша мүрәжат етти.

Сол күнниң өзинде 14 мүрәжатқа унамлы шешим таўылып, соннан 3 пуқара майыплар арбашасы, 1 пуқара еситиў үскенеси, 3 пуқара көзи әззилер ушын арналған үскене менен тәмийинленген болса, 2 пуқараға санатория ушын ҳәм 2 пуқараға жумысқа жайласыў ушын жолламалар берилди.

Сондай-ақ майыплықты белгилеў бойынша мүрәжат қылған пуқараларға районлараралық Социаллық-медициналық эксперт комиссиясына жолламалар берилди.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы