Бүгинги күнде Президентимиздиң басламасы менен басшы хызметкерлердиң халық пенен ушырасыўы, олардың машқалаларын тыңлап, унамлы шешим табыўы, жәрдем көрсетиўи ҳәм ҳәр бир пуқараның турмысынан разы болып жасаўына ерисиўи бойынша системалы жумыслар жолға қойылған.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң шөлкемлестириўинде республикамыз бойлап ҳәр жылы өткерилип киятырған «Меҳир ҳәрекети» илажлары шеңберинде шараяты аўыр, кем тәмийинленген, бағыўшысын жоғалтқан шаңарақларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша ийгиликли жумыслар алып барылмақта.

Халық депутатлары Беруний районлық Кеңеси депутатлары да усы күнлерде сондай қайырқомлық илажларын әмелге асырмақта. Райондағы «Сақаўат үйи»не жергиликли кеңес депутатлары күнделикли турмыста зәрүр болатуғын хожалық-техникалық буйымлар менен бирге, жыллы кийим-кешеклерди тапсырды. Буннан тысқары ҳәр бир депутат өзи сайлаған аймақтағы жәрдемге мүтәж шаңарақларға өз мүмкиншиликлери шеңберинде жыллы кийим-кеншеклер, азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин тарқатты.

Халық депутатлары Беруний районлық Кеңесиниң депутаты Р.Юлдашева районның бас атынайысы Е.Қурбанбаева менен бирге «Меҳир ҳәрекети» шеңберинде жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен «Шаббаз» мәкан пуқаралар жыйынындағы жәрдемге мүтәж шаңарақлардың жағдайынан хабар алып, азық-аўқат өнимлерин ҳәм жыллы кийим-кеншеклер тарқатты.

Мүтәж инсанларға жәрдем бериў, олардың арасында мийрим-шәпәәт сабақларының кеңнен ен жайыўында баслама көтериў де инсаныйлықтың жоқары үлгиси болып табылады.

Усындай қайырқомлық илажы Халық депутатлары Бозатаў районлық Кеңесиниң депутаты Г.Бекбосынова тәрепинен райондағы Еркиндәрья АПЖ аймағындағы «Ақ еден» елатында жайласқан «Дощанова Зәўре» үй бақшасында да әмелге асырылды.

Жаңа жыл байрамын күтип алыўда усы бақшада болып жәмәәт ағзаларын ҳәм тәрбияланыўшы балаларды жаңа жыл менен қутлықлап байрам саўғаларын тапсырды.

Жаңа жыл байрамы алдынан Шымбай районлық Кеңесиниң депутаты Т.Палваниязова да «Меҳир ҳәрекети» шеңберинде өзи сайланған аймақларда жасаўшы кем тәмийинленген жәрдемге мүтәж шаңарақлардың жағдайынан хабар алып, оларға азық-аўқатлық өнимлер тарқатты.

Қайыр сақаўат ислеў, мүтәж инсанларға жәрдем көрсетиў ҳәм қоллап-қуўатлаў кеңпейил халқымызға тән ағла пазыйлетлердиң бири.

Бул бағдардағы илажлар даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов, Қарақалпақстан хабар агентлиги

Дерек: KKNEWS.uz – Қарақалпақстан хабар агентлиги Рәсмий веб-сайты