Төрткүл раёнында Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының нәўбеттеги көшпели қабыллаўы өткерилди.

Қабыллаўда пуқаралар тийкарынан майыплық арбашасы, протез-ортопедия үскенелери менен тәмийинлеў, майыплықты белгилеў, бәнтлик, ысытыў системасын жаңалаў, санаторий жолламасын алыў ҳәм басқада мәселелер бойынша өз машқалаларын айтты.

Қабыллаўда даўамында мүрәжат қылған пуқаралар майыплар арбашасы, еситиў үскенеси, санаторий ушын жолламалар менен тәмийинленди.

Сондай-ақ қабыллаўдан соң, социаллық қорғаўға мүтәж инсанлардың ҳал жағдайларынан хабар алынып, оларға азық-аўқатлық өнимлер ҳәм байрам саўғалары тапсырылды.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы