Бүгин Қанлыкөл районында “3-декабрь – Халықаралық майыплар ҳуқуларын қорғаў күни" қорғаў күни мүнәсибети менен қайыр-сақаўатлық байрам илажлары өткерилди.

Илажға майыплығы бар, физикалық имканияты шекленген пуқаралар қатнасты. Район ҳәкими Б.Султанов, районлық майыплар жәмийети ҳәм Өзбекстан Республикасы көзи әззилер жәмийети Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Қанлыкөл районы бөлими ўәкиллери, елимизде мапйыплығы болған пуқаралар ушын жаратылған шараятлар ҳаққында кең түсиниклер берди.

Районда физикалық имканияты шекленген жәми 1738 пуқара, соннан, 210 көззи әззи пуқаралар дизимге алынған, илажда оларға жаратылған шараятлар ҳәм усы бағдарда исленген жумыслар атап өтилди.

Өткерилген илажда жыйналғанларға районлық мәденият бөлими хызметкерлериниң концерт бағдарламасы инәм етилди.

Дерек: Қанлыкөл районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети