“3-декабрь – Халықаралық майыплар ҳуқуларын қорғаў күни" мүнәсибети менен Бозатаў районы Жаслар орайы имаратында байрам салтанаты болып өтти.

Бул сәне мүнәсибети менен Бозатаў районы ҳәкиминиң орынбасары Н.Төремуратов, “Инсан” социаллық хызметлер орайы Бозатаў районы бөлими баслығы Д.Каипов ҳәм тийисли тараў ўәкиллери менен биргеликте райондағы имканияты шекленген пуқаралар қатнасында байрам салтанаты өткерилди ҳәм жыйналғанларды байрам менен қызғын қутлықлап, ең жақсы тилеклерин билдирди.

Буннан соң районлық Мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт баǵдарламасы жыйналғанлар нәзерине усынылды, сондай-ақ илаж қатнасыўшыларына байрам дастурханлары жайылды.

Дерек: Бозатаў районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети