Балалар бизиң келешегимиз, ертеңги күнимиз даўамшысы. Дүньяға тек жақсылық көзи менен қараўшы бул пәк кеўил ийелери ҳәмийше итибарға, меҳир көрсетиўге ылайық.

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Данияровлар Тақыятас районында жайласқан Балалар үйине барды.

Дәслеп мийманлар ол жердеги жаратылған шараятлар менен танысты. Буннан соң балалар үйи тәрбияланыўшыларына саўғалар ҳәм кийим-кеншеклер тапсырды.

Мағлыўмат ушын, Президентимиздиң 2023-жыл 1-июнь күнги 82-санлы Пәрманы менен, 2024-жыл 1-январдан баслап меҳрибанлық ҳәмде балалар үйлери Социаллық қорғаў миллий агентлигине өткерилди.

Видео: YouTube

Дерек: Қарақалпақстан Республикасы
Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети