2024-жыл 24-феврал күни Тахтакөпир районында Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының көшпели қабыллаўы өткерилди.

Қабыллаўда Басқарма баслығының орынбасары Т.Аминов ҳәм Тахтакөпир районы ҳәкими Ж.Адиловлар тәрепинен социаллық қорғаўға мүтәж пуқаралардың машқалалары тыңланды.

Тахтакөпир районында өткерилген көшпели қабыллаўда 25 пуқараның мүрәжаты тыңланды. Пуқаралар тийкарынан майыплық арбашасы, протез-ортопедия үскенелери менен тәмийинлеў, майыплықты белгилеў, бәнтлик, санаторий жолламасын алыў, балалар напақасы ҳәм басқада мәселелер бойынша мүрәжат етти.

Сол күнниң өзинде 11 мүрәжатқа унамлы шешим таўылып, соннан 2 пуқара майыплар арбашасы, 1 пуқара эситиў ҳәм 2 пуқара көзи әззилер ушын арналған үскене менен тәмийинленген болса, 2 пуқараға санаторий ушын жоллама ҳәм 5 шаңараққа материаллық жәрдем пулы берилетуғын болды.

Сондай-ақ майыплықты белгилеў бойынша мүрәжат қылған пуқараларға районлараралық социаллық-медициналық эксперт комиссиясына жолламалар берилди.

Видео: YouTube

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы