Балалар бизиң келешегимиз, ертеңги күнимиз даўамшысы. Дүняға тек жақсылық көзи менен қараўшы бул пәк кеўил иелери ҳәмийше итибарға, меҳир көрсетиўге ылайық.

Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы администрациясы бүгин Тақыятас районында жайласқан Балалар үйинде болып, дәслеп ол жерде балаларға жаратылған шараятлар менен танысты.

Соң Балалар үйинде тәрбияланып атырған балалар ҳәм ислеўши хызметкерлерди Наўрыз байрамы менен қутлықлап оларға байрам саўғаларын тапсырды.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы