Усы жылдың 20-апрель күни Бес баслама параолимпиадасы шеңберинде пара спорт ойынларының Әмиўдәрья районы басқышы болып өтти.

Спорт жарысларында Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалы "Компютер инжиниринги" факультети 3-басқыш студенти Сарибоев Нурсултон Бес баслама параолимпиадасы шеңберинде пара жеңил атлетика 400 метрге жуўырыў бойынша Әмиўдәрья районы басқышында 1-орын жеңимпазы болды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы басқышқа жолланба алды.

Дерек: Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы
ТИТУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети.