Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы қарарына тийкар, өзгелер күтимине мүтәж болған жалғыз жасаўшы ҳәм жалғыз кекселер ушын аймақларда ҳәптениң бир күнинде “Инсан” социаллық хызметлер орайы тәрепинен тастыйықланған кесте тийкарында Кегейли райондағы спорт мектеплери менен биргеликте спорт илажларын шөлкемлестириў ўазыйпасы белгиленген.

Усы ўазыйпалардан келип шығып, Кегейли районы мәҳәллелеринде жасаўшы өзгелер күтимине мүтәж болған жалғыз жасаўшы ҳәм де жалғыз кекселер ҳәм майыплылығы болған пуқаралар ушын спорт жарыслары шөлкемлестирилди.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы