Шымбай районы спорт мектеби филиалында Шымбай районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы, Жаслар ислери агентлиги ҳәм Шымбай районы спорт мектеби менен биргеликте райондағы майыплығы болған жаслар арасында “Бес баслама паралимпиадасы” ғалабалық спорт жарысларының районлық басқышы өткерилди.

Өткерилген жарыста мәҳеллелердеги майыплығы болған 16-30 жастағы жаслар төмендеги жөнелислерде:

– пара жеңил атлетика;

– пара стол теннис;

– арабашада стол теннис;

– пара шахмат;

– пара шашка;

– бадминтон түрлери бойинша өз-ара беллести.

Жарыс жуўмағына көре жеңимпаз болған жаслар жарыстың кийинги басқышына жолламаны қолға киритти.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы