Беруний ҳәм Елликқала районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы тәрепинен әмелге асырылған жумыслар сын көз-қараста талқыланды.

Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Данияров Беруний ҳәм Елликқала районларында болып, “Инсан” социаллық хызметлер орайы тәрепинен әмелге асырылған жумыслар ҳәм белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша мәжилис өткерди.

Мәжилисте орайлар тәрепинен халыққа көрсетилип атырған социаллық хызметлер, майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақларға напақалардың тайынланыўы, социаллық хызметкер ҳәм социаллық хызметкер ассистентлериниң искерлиги бойынша әмелге асырылған жумыслар, сондай-ақ жол қойылған кемшиликлер атап өтилди.

Искерлиги даўамында өз ўазыйпасына немқурайдылық пенен қарап, кемшиликлерге жол қойған хызметкерлерге шара көрилди.

Соң С.Данияров Елликқала районында параспортшылар ушын жаратылған шараятлар менен танысты. Сондай-ақ, райондағы “Шаңарақлық балалар үйлери”не барып, ол жерде тәрбияланып атырған балалар менен сәўбетлести.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы