2024-жыл 30-май күни Бозатаў районында Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Данияров пуқарлардың мүрəжатларын тыңлады.
Социаллық қорғаўға мүтəж пуқаралардың машқалаларын үйрениў мақсетинде өткерилген көшпели қабыллаў халық ишине кирип, олардың машқала ҳəм усынысларын терең үйренген ҳалда тийисли шөлкемлер менен биргеликте оларға шешим табыўдың ең нəтийжели қуралы екенлигин атап өтиў орынлы.
Өткерилген қабыллаўда 13 мүрəжатқа унамлы шешим таўылып, соннан 3 пуқара майыплар арбашасы, 1 пуқара еситиў үскенеси, 2 пуқара көзи əззилер ушын арналған үскене менен тəмийинленген болса, 2 пуқараға санаторий ушын ҳəм 1 пуқараға жумысқа жайласыў ушын жолламалар берилди.
Сондай-ақ қабыллаўдан соң “Бозатаў” мəҳəллесинде жасаўшы майыплығы болған ҳəм жалғыз жасаўшы кекселер ҳалынан хабар алынып, майыплар арбашасы ҳəм азық-аўқатлық өнимлер берилди.
Видео YouTube:
Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
Отправить комментарий
Отправить комментарий