Әмиўдәря районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар терең талқыланды.

Әмиўдәря районы ҳәкимлигинде өткерилген есабат мәжилисине Социаллық қорғаў миллий агентлиги С.Данияров қатнасып, орай тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм жол қойылған кемшиликлерге айрықша тоқталып өтти.

Атап айтқанда, майыплықты белгилеў, напақалардың тайынланыўы, жалғыз жасаўшы ҳәм жалғыз кекселер, жетим, ата-ана қарамағынан айрылған балалар менен ислесиўде қәте-кемшиликлерге жол қойылғанлығы сынға алынды.

Сондай-ақ, өз жумысларына немқурайдылық пенен қараған бирнеше хызметкерлерге интизамый жаза шарасы қолланылды.

Мәжилис соңында жоқарыдағы бағдарлар бойынша жумысларды еле жеделлестириў бойынша әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар белгилеп алынып, жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы