2024-жыл 13-июнь күни Қанлыкөл районы “Жаңа қала” аўыл пуқаралар жыйынында Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Данияров пуқарлардың мүрәжатларын тыңлады.

Социаллық қорғаўға мүтәж пуқаралардың машқалаларын үйрениў мақсетинде өткерилген көшпели қабыллаў халық ишине кирип, олардың машқала ҳәм усынысларын терең үйренген ҳалда тийисли шөлкемлер менен биргеликте оларға шешим табыўдың ең нәтийжели қуралы екенлигин атап өтиў орынлы.

Сондай-ақ қабыллаўдан соң “Жаңа қала” мәҳәллесинде жасаўшы майыплығы болған кекселер ҳалынан хабар алынып, майыплар арбашасы берилди.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы