2024-жыл 19-июль күни Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағыдайлар басқармасы менен биргеликте, бирге ислесиў бойынша дүзилген Меморандум тийкарында Әмиўдәрья районында мониторинг жумысларын алып барды.

Мониторинг мақсети майыплығы болған шахсларды айрықша жағыдайлар ўақтында қәўипсиз эвакуация етиў бойынша жаратылған шараятларды үйрениў бойынша жәмийетшилик қадағалаў жумысларын алып барыў.

Мониторинг жумыслары даўамында Әмиўдәрья районлық емлеўханасы, орайлық поликлиникасы ҳәм де 38-санлы инклюзив мектеплерде майыплығы болған шахсларды айрықша жағыдайлар ўақтында қәўипсиз эвакуация етиў бойынша жаратылған шараятлардың талап дәрежесине сайкеслигин мониторинг топары тәрепинен үйренилип шықты.

Үйрениўлер нәтийжесинде көзи әззи инсанлардың, еситиўде нуқсаны болған инсанлардың ҳәм майыплар арбашасында ҳәрекет етиўши шахслардың қәўипсиз эвакуация етиўде қыйыншылықлар анықланды.

Дерек: Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими