2024-жыл 24-июль күни Мойнақ районы “Қазақдәря” аўыл пуқаралар жыйынында Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Данияров пуқаралардың мүрәжатларын тыңлады.

Социаллық қорғаўға мүтәж пуқаралардың машқалаларын үйрениў мақсетинде өткерилген көшпели қабыллаў халық ишине кирип, олардың машқала ҳәм усынысларын терең үйренген ҳалда тийисли шөлкемлер менен биргеликте оларға шешим табыўдың ең нәтийжели қуралы екенлигин атап өтиў орынлы.

Өткерилген қабыллаўда пуқаралардан тийкарынан, майыплық арбашаларын алыў, жалғыз кексе ҳәм майыплығы болған шахслар дизимине киритиў, санаторийларға жолламалар бериў, өзгелер күтимине мүтәж балаларға күтим напақасы, майыплық пенсиясы ҳәм напақасын есаплаў, тайынлаў ҳәм төлеў, социаллық напақаларды тайынлаў, емлениўге ордер алыў ҳәм басқада мүрәжатлар келип түсти.

Машқалалардың көпшилиги сол орында шешилген болса, шешими белгили ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар тийисли жуўапкерлерге бекитилди.

Видео YouTube:

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы