Алдын хабар бергенимиздей, Агентликтиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм комплеанс қадағалаўын әмелге асырыў бөлими тәрепинен орынларда коррупция ҳәм оның алдын алыўға қаратылған үгит-нәсият илажлары өткерилмекте.

Усындай илажлардың бири “Тақыятас” санаторийси, Нөкис қаласында жайласқан майыплығы болған ҳаяллар ушын арналған “Мүриўбет” үйи ҳәм 16-санлы арнаўлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, 3-4-10-62-санлы арнаўлы мектеп-интернатларында өткерилип, онда қәнигелер тәрепинен усы орынларда искерлик көрсетип атырған барлық хызметкерлерге дәмегөйшилик ҳәм коррупцияның алдын алыў, усыған байланыслы ҳуқықбузарлықлардың келип шығыўына себеп болып атырған жағдайлар ҳәм оларды сапластырыў, жәмийетлик саламат орталықты қәлиплестириў бойынша түсиниклер берилди.

Дерек: Социаллық қорғаоъ миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы