Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң Мүрәжатлар менен ислесиў бөлими баслығы З.Хамраходжаева район (қала) “Инсан” социаллық хызметлер орайларында мүрәжатлар менен ислесиў ҳәм жағдайын үйрениў ҳәм әмелий жәрдем көрсетиў мақсетинде Хожели, Тақыятас, Кегейли ҳәм Бозатаў районларында болды.

Дәслеп орай хызметкерлери менен сәўбетлесип, соң “Инсан” орайларына пуқаралар тәрепинен келип түскен мүрәжатлар, олардың шешими, мүрәжатшыға өз ўақтында жуўап берилиўи, орай директорларының мәҳәллелерде өткерип атырған көшпели қабыллаўлары ҳәм оның нәтийжелерин үйренди.

Орайға үлкен үмитлер менен келген ҳәрқандай мүрәжатшы бизиң көрсетип атырған хызметимизден разы болып кетиўи керек, сондағана бизиң жумысымыз көринеди”, – дейди З.Хамраходжаева қәнигелер менен сәўбетте.

Мағлыўмат орында, жыл басынан бүгинги күн ҳалатына Хожели, Тақыятас, Кегейли ҳәм Бозатаў районы “Инсан” орайларына 890 мүрәжат келип түскен болып, соннан 793 мүрәжат қанаатландырарлы шешим тапқан.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы