Социаллық қорғаў миллий агентлиги, Социаллық қорғаў системасы хызметкерлериниң қәнигелигин асырыў орайы ҳәм UNICEF балалар шөлкеми менен биргеликте “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасынан 2 тренер “Абадан шаңарақ” темасында 5 күнлик тренингте оқытылған еди.
Өткерилген тренингтиң даўамы сыпатында усы тренерлер тәрепинен “Инсан” социаллық хызметлер орайы супервайзерлери ҳәм психологлары ушын 3 күнлик тренинг өткерилиўи режелестирилди.
2024-жыл 4-декабрь күни Нөкис қаласында Нөкис қаласы, Хожели, Тақыятас ҳәм Нөкис районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы супервайзерлери ҳәм психологлары ушын тренинг шөлкемлестирилди.
Тренинг даўамында қатнасыўшыларға кәмбағаллық түсиниги, ақыбети ҳәм оның шаңараққа негатив тәсири, стигма ҳәм дискриминация, кәмбағаллық машқаласын шешиўде кейс-менежмент, шаңарақты қоллап-қуўатлаў хызметлери ҳаққында кең түсиниклер берилди.
Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
Отправить комментарий
Отправить комментарий