Усы жылдың 25-декабрь күни Социаллық инспекcия баслығы Хусниддин Кутпиддинов басшылығында Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында “Майыплығы болған шахслар ушын қолайлы ҳәм тосқынлықсыз орталық жаратыў” атамасында презентаcия мәжилиси өткерилди.
Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық министри, Министрлер Кеңесиниң секретариат баслығы, ишки ислер басқармасы, экспертиза, буйыртпашы, жойбарлаўшы ҳәм қурылыс шөлкемлериниң басшылары қатнасты.
Инспекcия жуўапкерлери тәрепинен, “Майыплығы болған шахслар ушын қолайлы ҳәм тосқынлықларсыз орталық жаратыў” бойынша универсал жойбар таныстырылды.
Онда, “Майыплығы болған шахслар ушын жәмиетлик объектлер, жол ҳәм жол инфраструктурасы объектлеринде, сондай-ақ, лифт, жол, имәраттың кириў бөлими ҳәм басқышлардан пайдаланыўда қолайлы ҳәм тосқынлықсыз орталық жаратыў” мәселелери көрип шығылды.
Соның менен бирге, 2025-жылы инвестиcия бағдарламасы тийкарында қурылысы ҳәм капитал оңланыўы нәзерде тутылған объектлер белгиленген талапларға муўапық болыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.
Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
Отправить комментарий
Отправить комментарий