Алдын хабар бергенимиздей, Исши топар ағзаларының кейинги мәнзили Самарқанд қаласында жайласқан 59-санлы “Нурлы мәкан” мектеп-интернаты болды.

Мектеп көзи әззи ҳәм шала көриўши балаларға арналған болып, онда оқыўшылар ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған.

Соңғы заманагөй үлгидеги компьютер технологиялары менен тәмийинленген. Ҳәзирги күнде Қубла Корея мәмлекетинен келген бирқанша кеўиллилер топары бул жердеги балалар менен ҳәр түрли методлар жәрдеминде сабақ өтип атырғанлығының гүўасы болды.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы