2025-жыл 14-январь күни Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Данияров Төрткүл районының “Өзбекстан”, “Туркман кўли”, “Яхтилик”, “Машъал” мәҳәллесинде жасаўшы пуқаралардың мүрәжатларын тыңлады.
Өткерилген қабыллаўда 40 тан аслам пуқаралар қатнасып, тийкарынан балалар напақасын тайынлаў, майыплық топарын белгилеў, эмлениў ҳәм үй-жай ремонты ушын “Сақаўат ҳәм көмек” фондынан қаржы ажыратыў, жалғыз кексе ҳәм майыплығы болған шахслар дизимине киритиў, санаторийларға жолламалар бериў ҳәм сондай-ақ эмлениўге ордер алыў ҳәм басқада машқалаларын айтып өтти.
Машқалалардың көпшилиги сол орында шешилген болса, шешими белгили ўақыт талап этилетуғын мүрәжатлар тийисли жуўапкерлерге бекитилди.
Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
Отправить комментарий
Отправить комментарий